НӨКИСИМ
Нөкисим гүллен,
Күн-күннен түрлен,
Ҳүрметли тәзим өзиңе.
Келбетиң жарқын,
Топырағың алтын,
Көриндиң көркем көзиме.
Саўлатлы қалаң,
Мен сениң балаң,
Елимниң ерке улыман.
Қушақты керип,
Ықласты берип,
Ержеткиздиң қолыңнан.
Жаңғырып көшең,
Жерлериң ҳәсем,
Мақпалдан көрпе жамылған.
Нурланып күниң,
Жарқырап түниң,
Мийнеттиң нуры жағылған.
Жайылып даңқың,
Шадланып халқың,
Қуўаныш кернеп тасады.
Бағыңда ойнап.
Гүллердей жайнап,
Жасларың нама қосады.
Турмысы тасқан,
Өнери асқан,
Мәденият орайым.
Кешеден бул күн,
Гүлленип күн-түн,
Өзгерип атыр шырайың.
1950-жыл. Тилеўберген ЖУМАМУРАТОВ.