2013 jil Qazaqstanin' Astana qalasinda'bolip otken ARNA" topari koncertinnen uzindi..!
Koncertte
#QARAQALPAQSHA QOSIQ yaginy DAWITBAY QAYUPOVTIN' qosiqgi "SUYMEWGE BOLMAYDI SUYMEYIN DESEM" Atli qosiqgin atqarip shiqti
⤵⤵⤵⤵⤵⤵⤵
"Сүймеўге болмайды сүймейин десем" Намасы Қ. Демесиновтики.
Сөзи С. Дәўлеталиевтики
Өзиңди көргенде жигерим тасар,
Егерде көрмесем сағыныш қысар,
Ойымды ийелеп сабырым қашар.
Сүймеўге болмайды сүймейин десем.
Мийирман минайым терең сезимли,
Өмирге нур берген ысық жүзиңди,
Керме қас астында еки көзинди,
Сүймеўге болмайды сүймейин десем.
Қос бурым оралған қыпша белиңди,
Ләззети айрықша шийрин ләбиңди,
Өмирге нур берген минезлериңди,
Көрмеўге болмайды көрмейин десем.
Тек өзиң орнапсан жүрек жаныма,
Кел өзиң жуўап бер жүрек дадына,
Иштеги тутанған ышқы отына,
Күймеўге болмайды күймейин десем.