Перзентиниң барлығы тең анаға,
Аўырыўсаң деп тасламайды далаға,
Даўа тилеп, жалынар тек Аллаҳға,
Наўқас бала бағып жүрген аналар.
Айланшықлап ҳеш қасынан кетпейди,
Күндиз-түни, күтиминде еплейди,
Нала шегип көзден жасын төкпейди,
Наўқас бала бағып жүрген аналар.
Дәртин берген даўасын да берер деп,
Көзим бир күн жақсылықты көрер деп,
Жатса-турса, үмит етип жүрер тек,
Наўқас бала бағып жүрген аналар.
Қабақ шытпай күтиминде тақ турып,
Кирпигине шық жуқтырмай сақ турып,
Жақты күниң келер күткен барқ урып,
Наўқас бала бағып жүрген аналар.
Өзиңизге болсын жалғыз Аллаҳ яр,
Бендесине мириўбети тап-таяр,
Сонда сеннен, болмас адам бахтияр,
Наўқас бала бағып жүрген аналар.