ПЕРИШТЕДЕЙ КӨККЕ УШТЫҢДА КЕТТИҢ
" Жасарың жасамай, асарың асап",
Турғанда үстинде жигирма үштиң,
Неге? Жан сиңлим бизлерди таслап,
Сум әжел жетегине ердиңде кеттиң.
Он төртте туўылған айдай жүзлериң,
Айланып яднамаға, айтқан сөзлериң,
Жумылып, өмирге, ашық көзлериң,
Периштедей көкке уштыңда кеттиң.
Арзыў әрманларың қоса көмилип,
Көз жасымыз сел-сел болып төгилип,
Ата-Анаң... қалды еки бүгилип,
Күйдирип баўырын қан қылып кеттиң.
Имтиханда болып жоқары баллың,
"КМУ"ға кирип едиң күлип ығбалың,
Питкердиң табыслы, жеў бирақ нанын,
Буйырмай Насибам әрманда кеттиң.
Суў қылып симирип, ядыңда сақлап,
Диплом жумысыңды сен ағла жақлап,
Инглис тилинде бүлбилдей сайрап,
Уста