Қызым бирге толып тур.
***
Көзди ашым жумғанша,
Бир жыл мине болып тур,
Турғай - дүнья турғанша,
Қызым бирге толып тур.
Айдай аппақ жамалы,
Қылығы дым мазалы,
Үйимиздиң – базары,
Қызым бирге толып тур.
Телевизор тыңлайды,
Музыкаға ойнайды,
Бола қойса “жарнама”
Бар дыққатын арнайды.
Айжамалым - еркемиз,
Жақсылыққа елтемиз,
Көтер десе талпынып,
Таяр турар желкемиз.
Тай-тай басып жүреди,
Еркелетсең күледи,
Түсинеди айтқанға,
Сөзге қулақ түреди.
Ала жипти есемиз,
Жақсы нийет етемиз,
Айдын болсын жолың деп,
Бүгин “тусаў” кесемиз.
Ақ паяндоз жолында,
Китап болғай қолында,
Дайылары – кележақ,
Қарап турмыз жолына.
Айжамалым-дақылым,
Әширепи- ақлығым,
Қатарыңның алды боп,
Т