Уатан деген,,,
Қулақ түрип жас балалар сөзине,
Гүрсиндим, жаста келди көзиме,
Бирин-бири сорау менен тутыуда,
Билесеңбе уатан деген өзи не?
Буны сорауға жоқсызба сәл кешиккен,
Жууабында шығарсыз көп еситкен,
Басланып ол қурсағынан анаңның,
Дауам еткен сиз бөленген бесиктен.
Ақыл берсең бендесине жастан бер,
Еси кеткен өз елине қастпан дер,
Уатан деген бар гунаңды кеширип,
Анаң киби бауырына басқан жер.
В. Сейтмуратов.