Қара табан, қара пуқара,
Бабам ғайбар киси болған.
Көңли ақ, қалпағы қара,
Жаў менен көп иси болған.
Аттан қулап атырғанда,
Қан майданда сүйеп оны,
«Бир ўәсият айтып кет онда»,
Деп сорапты оннан улы.
Ўәсият екен ал сондағы,
Айтып кеткен урпағына:
«Тыр жалаңаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, қалпағыңа!...»
Қарақалпақлар соннан баслап
Қалпағы менен туўылыпты.
Көп заманды изге таслап,
Қалпақ шешпей жуўырыпты.
Көп заманның әндийшесин
Көрсе де көзи ағармаған.
Жоғалтса да көп нәрсесин,
Қалпағы ҳеш жоғалмаған.
Қатал сорап қысым етип,
Хан да оны шештиралмаған,
Жан шықпаса гелле кетип,
Жаў да оны шештиралмаған.
Қарақалпақлар бир гене жерде
Бул дәстүрин бийкар қылған:
Мавзол