Ана тилим толғаныслары
(Дүркин)
Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тил» деген гәп айтылыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, айтылған пикирди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Ол инсанның кимлигин билгенимде еди…
-Ингалап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи қарақалпақша.
«Түлкишек»тен тилим шықты быдырлап,
«Қашарман»да қашар едик патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўын урлап,
«Қайталанбайды» дегенимиз қарақалпақша.
Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Ғарғасақ та усы тилде ғарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз жоғалмаймыз,
Жо