Жерлесимизден Ўатанға муҳаббат сезимлери…
Мен қазақпан Қаракеңде туўылған,
Намыс ушын Қаракең деп жуўырған.
Өз қазағым "қалпақ" деп шақырса,
Қарақалпақта "қазақ" болыў буйырған.
Қарақалпақ тилинде мен сөйлеймен,
Ҳеш қандай да буны уят көрмеймен.
Қазақларым ата журтқа көшкенде,
Қарақалпақта қалып кеттим демеймен.
Тарийхына нәзер салып көрсеңиз,
Қарақалпақ уллы халық билсеңиз.
Қарақалпақ даналығын көз бенен,
Көресизлер арасында жүрсеңиз.
Туўылган соң қаракалпак халқында,
Қаракеңше үрдисим де, салтым да.
Биреў келип Ўатаныңды "сат" десе,
Бермес едим вагон-вагон алтынға.
Марат Алламбергенов, 2016ж.